Ҳүкимет қарары менен (594-санлы, 14.10.2022 ж.) «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» мәденият ҳәм көркем өнер миллий сыйлығы ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Реже менен мәмлекетимиз мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў, оның халықаралық көлемдеги абырайын арттырыўда салмақлы, көп қырлы дөретиўшилиги менен үлкен үлес қосқан талантлы дөретиўшилерди «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» мәденият ҳәм көркем өнер миллий сыйлығы менен сыйлықлаў тәртиби белгиленди.
Сыйлық пенен сыйлықлаў ҳәр жылы дәстүрий тәризде бир мәрте дөретиўшилер арасында төмендеги мүддетлерде өткериледи:
Миллий сыйлық номинациялары (жәми 20 номинация) ҳәр жылы 10-январьдан 10-февральға шекем таңлап алынады;
– таңлап алынған номинациялар ҳәр жылы 1-мартқа шекем жәрияланады;
– сыйлықлаў ушын талабанлар ҳәр жылы 1-ноябрьге шекем Мәденият министрлиги (жумысшы уйым)не усынылады;
– жумысшы уйым ҳәр жылы 1-10-ноябрь күнлери талабанларға байланыслы ҳүжжетлерди көрип шығады;
– комиссия ҳәр жылы 10-15-ноябрь күнлери талабанларға байланыслы ҳүжжетлерди көрип шығып, ең жақсы 3 талабанды (ҳәр бир номинация бойынша) таңлайды;
– ең жақсы 3 талабанның дизими ҳәр жылы 15-декабрьден келеси жылдың 10-январь күнине шекем социаллық тармақларға кең жәмийетшилик даўыс бериўи ушын жайластырылады;
– быйылғы жеңимпазлардың сыйлықланыўы келеси жылы 25-январь күни шөлкемлестириледи.
Сыйлыққа ийе болған дөретиўшилер БЕМның 100 есеси муғдарында ақашалай сыйлық пенен хошаметленеди ҳәм оларға Сыйлықтың арнаўлы статуэткасы ҳәм сертификаты тапсырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги