Қарақалпақ балалар әдебиятын пүткил республикамызға белгили шайыр Халмурат Сапаровсыз көз алдымызға келтириў мүмкин емес. Оның балаларға тән ашық ҳәм пәк сезимлерге толы қосықлары көпшиликтиң бала бақшада ҳәм мектептеги дәўирлеринде-ақ, ядына мәңгиге мөрленип қалған.
Сонлықтан болса керек, балалардың сүйикли шайыры Халмурат Сапаровты қарақалпақ әдебиятының Самуэл Маршаги деп атаған. Шайыр тири болғанында өзиниң 90 жасын белгилеген болар еди.
Лекин, 2009-жылы әжел оны арамыздан алып кетти.
«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери», Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты шайыр ҳәм журналист Халмурат Сапаровтың усы юбилей сәнесине бағышланып, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде «Балалар қәлбине нур берген шайыр» атамасында әдебий кеше болып өтти.
Оған республикамыз мектеплеринде билим алып атырған оқыўшылар, олардың муғаллимлери, бирге ислескен кәсиплес шәкиртлери ҳәм шайырдың перзентлери қатнасты.
Кеше Х.Сапаровтың өз дөретиўшилигинде пайдаланған тутыныў буйымлары, жазған китаплары, қолға киргизген атақ ҳәм медальллары көргизбеси менен танысыўдан басланды.
Илажды музей директоры Шәригүл Пайзуллаева ашты ҳәм басқарып барды.
Онда «Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист»лер, белгили балалар шайыры Яқыпбай Әжимов, «Жеткиншек» газетасының жуўаплы хаткери, шәкирти Дарийха Үббиниязова ҳәм басқалар шайырдың өмири, дөретиўшилиги ҳәм адамгершилик пазыйлетлери туўралы кең түрде шығып сөйлеп, ҳүрмет пенен еске алды.
Усы жерде айтып өтиўимиз керек, шайырдың балаларға арналған қосықлары тек қарақалпақ тилинде жәрияланып қоймастан, ал, орыс, өзбек, беларусь, молдован, татар, башқурт, қазақ, түркмен, қумық тиллеринде де баспасөзде жарық көрди.
Х.Сапаровтың усы күнге шекем «Нәлше», «Жас уста Қурқылтай», «Бахытлы балалық», «Айға ушып барғанда», «Мениң күнлерим», «Қуслар менен сырласқанда», «Алтын дәўран», «Ўатан суңқары», «Бала бақша қосығы», «Тәбиятқа саяхат», «Кәсибим мақтанышым», «Сап денеде-сап ақыл» атлы жигирмадан аслам қосықлар топламы баспадан шығарылып, өз оқыўшыларына ийе болды.
Белгили композиторлар тәрепинен шайырдың 40 тан аслам қосығына намалар дөретилип, олар бүгинги күни балалардың сүйикли қосықларына айланған.
Кешеде Президент мектеби, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби, Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында жайласқан бир қатар мектеп оқыўшылары тәрепинен Х.Сапаров қосықларынан үзиндилер оқылып, әдебий кешеге өзгеше заўық бағышлады.
Әдебий кеше соңында шайырдың перзентлери атынан белгили журналист Гүлайым Сапарова шығып сөйлеп, әкесин ҳүрметлеп әдебий кеше шөлкемлестиргени ушын музей жәмәәтине, илаж қатнасыўшыларына өзиниң миннетдаршылықларын билдирди.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.