Кеше, 16-октябрь күни Түркменстан президентиниң басшылығында болып өткен мәмлекетлик Министрлер Кабинетиниң гезектеги мәжилисинде усы жылдың 20-21-октябрь күнлери Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сапары күтилип атырғаны мәлим етилди.

Мәмлекет Сыртқы ислер министрлигиниң баслығы Р.Мередовтың атап өтиўинше, Түркменстан Өзбекстан тәрепи биргеликте сапар етиў бағдарламасының жойбарын таярлап алған ҳәм сапар етиў даўамында еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте, сондай-ақ, Түркменстан президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм еки тәреплеме байланыслар ҳаққында тоқталып, еки туўысқан халықтың тарийхый байланыслары ҳәм руўхый-мәдений қәдириятларының уқсаслығына тийкарланған Түркменстан-Өзбекстан қатнасықлары өзгермейтуғын дослық, жақсы қоңсышылық характеринде екенин атап өткен.

Усы мүнәсибет пенен Түркменстан басшысы бас министр орынбасары, Сыртқы ислер министрлигиниң басшысына Өзбекстан Президентиниң мәмлекетке болажақ рәсмий сапары ҳәм оның шеңберинде режелестирилген илажларды жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өтетуғынын тәмийинлеў бойынша тапсырма берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги