Быйыл ОПЕК еллери ноябрь айынан баслап нефть өндирисин азайтыўға келисти, деп хабар бермекте Қазақстан Энергетика министрлиги.
«5-октябрь күни Вена қаласында ОПЕК+ келисимине қатнасыўшы еллер министрлериниң мәжилиси болып өтти. Онда еллердиң август айында Келисим шәртлериниң орынланыўы талқыланды. Келисимди 2023-жыл 31-декабрьге шекем созыў ҳаққында шешим қабылланды», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги