AMANAT партиясы Қасым–Жомарт Тоқаевты президентликке усыныў шешимин қабыллады, деп хабар бермекте КазИнформ.
«Съезд барысында 7 адам шығып сөйлеп, олардың барлығы алдағы гезексиз Президент сайлаўына Қасым-Жомарт Тоқаевтың кандидатурасын қоллап-қуўатлады және партияласларын да қоллап-қуўатлаўға шақырды.
Буннан соң делегатлар Қазақстан Республикасының президентлигине AMANAT партиясының кандидаты ретинде Қ.Тоқаевты усыныў мәселесин талқылап, бир аўыздан мақуллады» делинеди хабарда.
Сондай-ақ, Қазақстан Халық партиясы да болажақ сайлаўға Қасым-Жомарт Тоқаевтың кандидатурасын қоллап-қуўатламақта.
«Ҳәзир ишки сиясий ойынлар менен талқылаўлар жүргизетуғын ўақыт емес. Бүгинги күнде елдиң бирлиги баслы байлығымыз болмақта. Сонлықтан 1-сентябрьде Мәмлекет басшысы халыққа Мүрәжатында Қазақстан Республикасы Президентлигине гезексиз сайлаў өткериў ҳаққында шешимин жәриялаған ўақытта, партия алдағы усы сайлаў кампаниясына бола сиясий күшлердиң ишинде биринши болып Қасым-Жомарт Тоқаевтың кандидатурасын қоллап-қуўатлады» – дейди Халық партиясының баслығы Е.Ертисбаев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги