2022-жылғы Нобель сыйлығы медицина ҳәм физиология бағдарында швед биологи Сванте Паабоға тапсырылады. Нобель комитетиниң сайтында быйылғы сыйлық ийелериниң атлары берип барылмақта.

Эволюциялық генетика бойынша қәниге, 67 жасар Паабо «инсан эволюциясы ҳәм қырылып кеткен гоминидлер геномлары тараўындағы ойлап табыўлары» ушын сыйлықланады. Нобель комитетиниң сайтында мағлыўмат берилиўинше, илимпаз неандертальлардың ДНК шынжырын оқый алған, қалаберсе, Алтайдағы Денисов үңгиринде табылған тасқа айланған гоминид (Денисов адамы) бурын илимге белгисиз болғанын дәлийллеген.

Сванте Паабо генетика жәрдеминде гоминидлер ҳәм әййемги адамларды үйренетуғын илим – палеогенетиканың тийкарын салыўшыларынан есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги