«Астана» халықаралық илимий комплекси экономикалық изертлеўлер институтының басшысы Мейрам Кажикенниң кандидатурасы Қазақстан Республикасы Президенти лаўазымына көрсетилди. Оның кандидатурасы Қазақстан Республикасы «Аманат» Қазақстан кәсиплик аўқамлары бирлеспеси» тәрепинен алға қойылғаны айтылмақта.
«Казинформ» агентлигиниң жазыўынша, Мейрам Кажикенниң өзи де бул хабарды тастыйықлаған. Ол сондай-ақ, енди Орайлық сайлаў комиссиясына барып, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў менен шуғылланатуғынын айтқан.
Буннан алдын, Қазақстан Республикасы Президентлигине «Аўыл» халық демократиялық ўатансүйиўши партиясы да өзиниң дәслепки талабанын көрсеткен еди.
1-октябрьде болса, Улыўмамиллий социал-демократиялық партиясынан Нурлан Әўесбаевтың президентликке кандидатурасы усынылды.
Қазақстан Республикасы Президентиниң гезексиз сайлаўы 20-ноябрьде болып өтетуғынын еслетип өтемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги