Уллы Британияда Патшалық монеталар сарайы тәрепинен патша Карл III тиң сүўрети түсирилген 5 ҳәм 50 фунтлық теңгелер көрсетилди. Бул металл пул бирликлерин британиялы мүсинши Мартин Дженнингс ислеп шыққан.

Сүўретте Карл III тиң тажы жоқ. Патшалық ҳәм нумузмат дәстүрлерге муўапық, тымсал профили шеп тәрепке қараған.

Айналасына латын тилиндеги «Карл III, Алланың инаяты менен исеним қорғаўшысы» сөзлери жазылған.

5 фунтлық теңгениң басқа тәрепинде Елизавета II ниң  еки түрли портрети сүўретленген ҳәм оның ҳүкимдарлық дәўири жазылған.

Арнаўлы коллекция теңгелер 3-октябрь күни шығарылады, делинеди патшалық монета сарайының мәлимлемесинде.

Қарақалпақстан хабар агентлиги