Қытай басшысы Си Цзиньпин Япония Бас министри Фумио Кисидаға еки мәмлекет арасында дипломатиялық байланыс орнатылғанының 50 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаў хат жоллады.
«Қытай-Япония қатнасығын жаңа дәўир талабына бола ҳәм тийкарғы тенденцияларды есапқа ала отырып, қурыўымыз ушын мен сиз бенен күшлерди бирлестириўге таярман», деди Қытай басшысы. Бул ҳаққында «Синьхуа» агентлиги хабар берди.
Си Цзиньпин Япония менен қатнасты беккемлеўге үлкен итибар қаратады ҳәм байланыслардың 50 жыллық юбилейи Пекин ҳәм Токио арасындағы жақын қоңсышылықты раўажландырыўда және бир әҳмийетли қәдем болып қалыўы керек, деп есаплайды.
Сондай-ақ, ол еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў әҳмийетли келисимге тийкарланғанын еслетти.
«Биз барлық тараўларда шерикликти турақлы тереңлестирмектемиз», деди Қытай басшысы.
Си Цзиньпин Қытай ҳәм Япония арасындағы бундай унамлы бирге ислесиў регионаллық және дүнья жүзи көлеминде тынышлық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги