Бүгин көпшиликти референдум ҳәм оның өткерилиў тәртиби, кимлер қатнасыў ҳуқықына ийе деген сораўлар қызықтырыўы тәбийғый. Сонлықтан бул ҳаққында қысқаша мағлыўмат бериўди мақул көрдик.

Референдум-Нызамларды ҳәм басқа да қарарларды қабыл етиў мақсетинде жәмийет ҳәм мәмлекетлик турмыстың ең әҳмийетли мәселелери бойынша пуқаралардың улыўма даўыс бериўи болып табылады. Оған өткерилетуғын күнге шекем ямаса өткерилетуғын күни 18 жасқа толған Өзбекстанның ҳәр бир пуқарасы қатнасыў ҳуқықына ийе. Елимиз аймағынан тысқарыда жасап атырған ямаса жасап турған Өзбекстан пуқаралары да қатнасыўға толық ҳақылы.

Референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе болған, усы участканың аймағында турақлы ямаса ўақтынша жасап атырған Өзбекстан пуқаралары даўыс бериўшилердиң дизимине киргизиледи. Онда ҳәр бир пуқараның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси ҳәм турақ жай мәнзили жазылады. Даўыс бериўшилердиң дизими бирден-бир электрон дизим тийкарында дүзиледи.

Даўыс бериў бюллетенинде референдумға қойылып атырған мәселениң тексти анық сәўлелендириледи ҳәм даўыс бериўшиниң тилек-еркиндеги вариантлары анық көрсетиледи. Онда бир нешше мәселе қойылғанда олар бир даўыс бюллетенине киргизеди, избе-из номерленип шығылады ҳәм бири екиншисинен горизонтал сызық пенен ажыратылады. Даўыс бериў бюллетенинде оны толтырыў тәртиби ҳаққындағы түсиндирме болыўы керек. Бюллетеньлер мәмлекетлик тилде, сондай-ақ, ол өткерилетуғын округлик комиссияның қарары тийкарында сол аймақта жасаўшы халықтың көпшилик сөйлесетуғын тиллеринде басып шығарылады. Соның менен бирге Брайл әлипбеси тийкарында да таярланыўы мүмкин.

Елимизде референдум Өзбекстан Республикасының «Референдум ҳаққында»ғы Нызамы менен тәртипке салынады.Соны да атап өтиў керек, Президентимиз тәрепинен усы жыл 16-июнь күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында Референдум ҳаққындағы нызамшылыққа да айырым өзгерислер киргизилди.

Дилфуза ИМБЕТОВА,

Нөкис қаласы Әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайының қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.