Ҳәзирги ўақытта пахта атызларында жыйын-терим жумыслары қызғын пәтке енди. Мийнеткеш дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген пахта өнимин жаўын-шашын басланбай турып, сепситпей терип-жыйнап алыў ушын пахтакешлеримиз тынбай мийнет епекте.
Усы күнлерде тийисли тараў басшылары, депутатлар теримшилердиң жағдайларынан хабар алып, оларға ҳармасын айтып, олар ушын жаратылған шараятлар менен таныспақта.
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары Б.Искендеров, А.Төремуратов ҳәм Г.Темирбековалар райондағы Көкөзек аўыл пуқаралар жыйынындағы «Жаббар Толыбаев» фермер хожалығына барып, теримшилер менен ушырасты. Олар пахта жыйын териминиң барысы ҳәм теримшилерге жаратылған шараятлар менен танысты.
– Фермер хожалығымыздың 24 гектарлық майданына пахта егилген болып, бүгинги күнде пахта терими бойынша режемиздиң орынланыўы 50 проценттен асты,-дейди фермер хожалығының баслығы Қ.Яхияев. – Ҳәр күни 50 ден аслам теримшилерге күнлик ыссы аўқат ҳәм терим пуллары өз ўақтында берилмекте.
Ўақыт күтип турмайды. Сонлықтан, пахтаның бир де-бир грамын заяламай терип алыўымыз керек.
– Ҳәзирги күнде күнине 100 килограммнан зыят пахта терип атырман,-дейди теримшилердиң бири З.Оразымбетов. – Атызларда еле пахта көп.
Ушырасыўда ең белсенди теримшилер хошаметленип, оларға депутатлар тәрепинен саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги