Быйыл 15-16-cентябрь күнлери Самарқанд қаласында ири халықаралық әнжуман – Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммити болып өтти.
ӨзЛиДеП тәрепинен ҳәзирги ўақытта, усы халықаралық илаждың мәмлекетимиздиң, сондай-ақ, бирге ислесиўши мәмлекетлердиң өз-ара қатнасықларында тутқан орны, саммиттиң өзине тән өзгешеликлери ҳәм тарийхый әҳмийети бойынша орынларда депутатлар, электорат ўәкиллери ҳәм партия белсендилериниң қатнасыўында ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
Усындай илажлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында болып өтти.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар өз-ара исеним, дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитар, энергетика, транспорт ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, шөлкем тәрепинен қамтып алынған регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў шөлкемниң тийкарғы мақсет ҳәм ўзыйпаларының бири екенлигин айрықша атап өтти. Атап өтилгениндей, саммит шеңберинде 40 тан аслам ҳүжжетлердиң қабыл етилгенлиги ШБШ жумысының перспективалы бағдарлары бойынша бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа әмелий мазмун менен толтырыўға хызмет етеди.
Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги