Айырым социаллық тармақларда Россия Федерациясы аймақларында мәмлекет тәрепинен рәсмий түрде рухсат берилмеген ғалабалық митинглер өткерилиўи жобаластырылып атырғаны ҳаққында ҳәр қыйлы хабарлар тарқалмақта.

Сол себепли, Өзбекстан Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги усы мәмлекетте болып турған Өзбекстан Республикасы пуқараларынан бундай ғалабалық митинглерде қатнаспаўды, Россия Федерациясының нызамларына әмел етиўди ҳәм адамлар көп топланатуғын орынларға бармаўды сорады.

«Еслетип өтемиз, усы сыяқлы рәсмий түрде рухсат берилмеген илажларда қатнасыў сырт ел пуқаралары ушын Россия Федерациясы нызамларына муўапық жуўапкершиликке тартылыў ямаса мәмлекеттен мәжбүрий шығарып жибериўге алып келиўи мүмкин», – деп жазылған агентлик хабарландырыўында.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Россия Федерациясы президенти Владимир Путин бүгин, 21-сентябрьден баслап мәмлекетте бөлекли мобилизация жәриялап, тийисли қарарға қол қойды.

«Мобилизация тек ғана резервтеги пуқараларға, биринши гезекте, қураллы күшлерде хызметти өтеген пуқараларға тийисли болып есапланады. Әскерий хызметке шақырылған әскерлер мәжбүрий түрде қосымша таярлықтан өтеди», – деп айтып өткен Россия президенти өзиниң видеомүрәжатында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.