Мәмлекетлик мәкеме ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар туўралы кең жәмийетшиликке, соның ишинде, депутатларға есап берилиўиниң жолға қойылыўы нәтийжесинде кең жәмийетшиликти қызықтыратуғын жумыслардың ашық-айдынлығын тәмийинлеп, халықтың хабардарлығын арттырып, усы жумыслардың барысын қадағалаў, баҳалаў бойынша кең мүмкиншиликлер жаратылмақта.

Белгиленген режеге муўапық, Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм социаллық қорғаў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен «Қыстаўлы медициналық жәрдем» бөлиминиң усы жыл 8 ай даўамында әмелге асырған жумыслары бойынша районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Д.Палвановтың есабаты тыңланды.


Атап өтилгениндей, районда 200 мыңға шамалас адам жасайтуғын болса, оларға медициналық хызмет көрсетиў бойынша бирлеспеге қараслы 1 орайлық емлеўхана, 1 көп тармақлы орайлық поликлиника, 7 шаңарақлық поликлиника ҳәм 3 шаңарақлық шыпакерлик пункти жумыс ислемекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-январьдағы «Қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў системасын жедел жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, райондағы ҳәр бир 13 мың адамға 1 қыстаўлы медициналық жәрдем посты белгиленген.

Районда усындай 15 қыстаўлы жәрдем бригадасы болыўы керек болса, ҳәзирги ўақытта 15 бригада толық ислеп турыпты. Олардың тоғызы шақапша сыпатында, алтаўы район орайында жайласқан. Қыстаўлы медициналық жәрдем бөлими район орайында жайласқан. Ол 2018-2019-жыллары ири оңлаўдан өткерилген.

Реанимациялық бригада «Саламатлық-3» жойбары бойынша керекли медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Усы жыл 8 ай даўамында 41372 шақырыў болып, олардың ҳәммеси бойынша қыстаўлы медициналық хызмет ҳәм тийисли жумыслар әмелге асырылған.

Депутатлар есабат бойынша пикир-усынысларын билдирип, усы бөлимдеги машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыўда әмелий жәрдем бериў бойынша тийисли шөлкемлерге усыныслар киргизиўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги