Нөкис қаласы Алланияз қаҳарман ҳәм Қутлы қоныс мәкан пуқаралар жыйынлары турғынларының дыққатына!

Нѳкис қалалық газ тәмийнаты бѳлими тәрепинен Нѳкис қаласындағы Алланияз қаҳарман МПЖ  аймағындағы Е.Алакɵз кɵшесиниң бойында жайласқан диаметри-219 мм/лик орта басымдағы газ тармағында оңлаў жумысларының алып барылыўына байланыслы, Нөкис қаласы Алланияз қаҳарман ҳәм Қутлы қоныс мәкан пуқаралар жыйынларындағы турақ жайларда жасаўшы жеке хожалықларды, мәкеме ҳәм кәрханаларға тәбийғый газ жеткерип бериў 2022-жыл 21-сентябрь күни саат 14:00 ден саат 18:00 ге шекем ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Тутыныўшылардан тәбийғый газди ѳширип ҳәм қайта жалғаған ўақытларында техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўин сораймыз.

 

“Hududgaz Qaraqalpaqstan” газ тәмийнаты филиалының мәлимлеме хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги