Пайтахтымыздағы Өзбекстан мәмлекетлик драма театрында Қарақалпақстан Жас тамашагөйлер театры жәмәәтиниң Шекспир шығармасы тийкарындағы «Ромео ҳәм Жульетта» спектакли қойып берилди. Оғада жетик тәризде сахналастырылған спектакль пайтахтымыз тамашагөйлерине жүдә унады.

Белгили шайыр ҳәм жазыўшы, аўдармашы Узақбай Пиржанов тәрепинен шеберлик пенен қарақалпақ тилине аўдарылған бул шығарма шебер режиссёр Амангелди Қудайназаров тәрепинен сахналастырылды.

Қарақалпақстан Жас тамашагөйлер театрының директоры Адилбек Сейтов бул дөретиўшилик жәмәәттиң пайтахтымызға сапары ҳаққында төмендегилерди айтып берди:

– Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2022-жыл 2-февраль күни қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары бойынша театр жәмәәтлериниң мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақлары бойлап сапары және де кеңирек ен жайды.

Театрымыздың Ташкент қаласында дөретиўшилик сапары да усы қарардың нәтийжеси, деп айтыў мүмкин. Саўлатлы Ташкентке бизиң дөретиўшилик жәмәәт «Ромео ҳәм Жульетта» спектакли менен келди. Шекспирдиң бул шығармасын буннан елиў жыл бурын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театры табыслы сахналастырған еди. Ол театр жәмәәтиниң ең сайланды шығармасы болып есапланады. Шығарма өзиниң қунын ҳеш қашан жойтпайтуғыны менен қәдирли.

Негизинде театрымыз дүнья жазыўшыларының шығармаларына мүрәжат етеди. Олар тийкарында сахналастырылған спектакльлер театр репертуарындағы ең сайланды спектакльлер болып табылады. Мәселен, Шарль Перро шығармасы тийкарындағы «Саҳибжамал ҳәм мақлуқ», қырғыз драматурги Қайрат Иманалиевтиң «Қорқыт ата» шығармасы тийкарындағы спектакльлер усылардың қатарына киреди. Сондай-ақ, қарақалпақ драматурглери  менен бирге Абдулла Қодирийдиң «Меҳробдан чаён», Пушкинниң «Лўлилар» поэмасы тийкарында «Алеко» спектакли, Тўфон Миннулинниң  «Дилафрузға төрт ашық» спектакльлери ең сайланды сахналық шығармаларымыздан.
Дөретиўшилик гастроль даўамында Ташкент ўәлаяты театр ықласбентлери ушын «Қорқыт ата» спектакли де қойып берилди. 26-30-сентябрь күнлери Ташкентте болып өтетуғын жас режиссёрлардың «Дебют-2022» фестивалында да жас режиссёр  Султан Қаллибеков «Қорқыт ата» спектакли менен қатнасады.

Тиккелей және «Ромео ҳәм Жульетта» спектаклине қайтатуғын болсақ, оны шебер аўдармашы Узақбай Пиржанов үлкен шеберлик пенен қарақалпақ тилине аўдарған. Егер аўдарма жоқары көркем шеберлик пенен орынланбағанында бул шығарма сахналастырылмайтуғын еди.

1978-жылы Қарақалпақстан жас тамашагөйлер театры өз жумысын баслаған болса, сол ўақытлары жумыс баслаған еки актёрымыз ҳәзир де нәтийжели мийнет етип келмекте. Олар Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артистлер Жигербай Абдимов ҳәм Арзыхан Наўрызова. Олар  44 жылдан берли жасларға сахнада роль ойнап, устазлық етпекте. Ҳәр жылы театрымыз Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы питкериўшилери есабынан және де толысып, жәмәәтке жаңа «қан» кирип келмекте.

Ромео ролин жас актёр Расул Тлемисов, Жульетта ролин Инкар Сарсенбаева атқарады.

Бундай дөретиўшилик гастроллар тамашагөйлер менен және де көбирек қарым-қатнаста болыў, олардың пикир-усынысларын үйрениўде, дөретиўшилик жақтан көбирек излениўге түртки береди.

ӨзА хабаршысы

Назокат Усмонова жазып алды