Ҳүкиметтиң усы жыл 19-сентябрьдеги тийисли қарары менен басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелеринде жумыс ислеп атырған шыпакерлер айлық мийнет ҳақысына қосымша ҳәр айлық үстеме төленетуғын алыс ҳәм шетки аймақлар (297) дизими тастыйықланды.

Еслетип өтемиз, алыс ҳәм шетки аймақларда шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың шыпакерлери ушын «Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлер ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс ислеп атырған барлық шыпакерлер айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди және оларға ипотека тийкарында турақ жай сатып алыўда баҳасының 50 проценти шекемги бөлеги, бирақ БЕМның 500 есесинен (150 миллион сумнан) артпаған муғдарда қаплап бериледи.

Сондай-ақ, алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз 3 жыл жумыс ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынақларысыз қабыл етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги