Хабарыңыз бар, усы жылдың 1-июлинен баслап халық билимлендириў системасында және бир мәмлекетлик хызмет иске қосылды. Бул система арқалы жойытылған мектеп шаҳадатнамасының (аттестатының) дубликатын онлайн алыў имканияты жаратылған.

Бурын жойытылған мектеп шаҳадатнамасын (аттестатын) табыўға айлап, жыллап ўақыт кететуғын еди. Ендигиден былай жаңа хызмет шеңберинде шаҳадатнаманың (аттестаттың) дубликаты 5 күнде бериледи.

Шаҳадатнаманың (аттестаттың) дубликатын алыў ушын my.gov.uz арқалы арза жибериледи ҳәм дубликат электрон тәризде портал арқалы бериледи.

Бул система иске қосылмастан алдын арза бериў ушын да, ҳүжжетти алып кетиў ушын да мектепке барылған. Бес ҳүжжетке шекем қағаз усынылған. Олар арза, ҳүжжет жойытылғаны ҳаққында газетада берилген дағаза, табылмалар уйымынан мағлыўмат, паспорт нусқасы, фамилия өзгергени ҳаққында ПҲАЖ бөлимлеринен мағлыўмат усынған.

Ҳәзирги ўақытта арза онлайн тәризде, инсан факторысыз қабыл етиледи. Жеке мағлыўматлар автоматластырылған тәризде басқа да системалар менен интеграцияланады ҳәм басқа ҳеш қандай ҳүжжет соралмайды.

Бүгинги күнге шекем 8 мыңнан аслам пуқаралар шаҳадатнама (аттестат) дубликатын аралықтан алыўға үлгирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги