Ҳүкимет қарары (515-санлы, 20.09.2022 ж.) менен Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды.

Реже менен бюджет шөлкемлеринен басқа барлық юридикалық тәреплерде 6 ай үзликсиз жумыс ислеп атырған ҳаялларға ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын төлеў тәртиби белгиленди.

Напақа Социаллық қамсызландырыў қоры есабынан перзент туўылғанға шекемги минимал тутыныў қәрежетлериниң 4 есеси (1 млн 992 мың сум) муғдарында бериледи.

Соған бола, юридикалық тәреплердиң напақа төлеў миннетлемеси Қор есабынан төленген напақа муғдарына азайтылады.

Мийнетке жарамсызлық қағазы напақаны тайынлаў ҳәм төлеў ушын тийкар болады. Мийнетке жарамсызлық қағазы рәсмийлестирилгеннен 5 жумыс күнинде мағлыўматлар жуўапкер медицина хызметкери тәрепинен «Медицина» мәлимлеме системасына киргизиледи ҳәм мағлыўматлар «Бирден-бир реестр» системасына жибериледи.

«Бирден-бир реестр» системасы тәрепинен напақа тайынлаў ямаса бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етилип тийкарланған ҳалда напақа алыўшының телефонына СМС-хабар жибериледи. Напақа ҳәр айдың 10-сәнесине шекем напақа алыўшының пластик картасына өткерип бериледи. Пластик карта болмағанында болса айдың 27-сәнесине шекем нақ көринисте бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги