Өзбекстан Республикасы Сырқты ислер министри Владимир Норов 2022-жыл 19-сентябрь күни БМШтың Нью-Йорктағы бас резиденциясында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыў өткерди.

В.Норов атап өткениндей, Өзбекстан БМШты тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, пүткил жер жүзинде инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша универсал ҳәм исенимли халықаралық структура, деп биледи.

Кейинги жыллары Өзбекстанның БМШ ҳәм оның қәнигелестирилген мәкемелери жумысындағы қатнасының жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының ҳәр қыйлы бағдарлардағы бес резолюциясы қабыл етилди. БМШ жоқары дәрежедеги делегациясы өткен ҳәптеде Самарқандта болып өткен ШБШ саммитинде қатнасты.

А.Гутерриш Өзбекстан Басшылығының артқа қайтпас өзгешеликке ийе алдыңғы кең көлемли өзгерислерди әмелге асырыўға болған сиясий ерк-ықрары ҳәм исенимин жоқары баҳалады. БМШ Өзбекстанды ашық-айдынлық ҳәм реформалар сиясатын әмелге асырыў жолында ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги атап өтилди.

Бас хаткер Өзбекстан ҳәм БМШ арасында жедел кеңейип баратырған бирге ислесиўди қоллап-қуўатлады. «Өзбекстан тынышлық, қәўипсизлик, инсан ҳуқықлары мәселелеринен баслап климат ҳәм турақлы раўажланыўға шекемги барлық тараўлардағы исенимли шеригимиз. Мәмлекет БМШтың ҳәр тәреплеме күн тәртибин әмелге асырыўда жетекши орынды ийелейди», деди А.Гутерриш.

Өзбекстанның Арал теңизи қурыўы ақыбетлерин жумсартыў, Аралбойы халқының турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыў, регионда заманагөй турақ жайлар, социаллық ҳәм санаат инфраструктурасы объектлерин қурыў бағдарындағы ҳәрекетлери БМШ тәрепинен жоқары баҳаланатуғыны мәлим етилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, сондай-ақ, Өзбекстан тәрепинен регионаллық өз-ара байланыслықты беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар, соның ишинде, «Термиз-Мозори-Шариф-Қабул-Пешовар» темир жолы қурылысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғыны мәлим етилди

Ушырасыў жуўмағында тәреплерди қызықтырған мәселелер бойынша тығыз қарым-қатнасты даўам еттириў ҳаққында келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги