«Раўажланыўға ерисиў ушын санлы билимлерди ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларын меңгериўимиз зәрүр ҳәм шәрт. Бул бизге раўажланыўдың ең қысқа жолынан барыў имканиятын береди».

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев.

Бүгинги күнде елимизде санлы системаларды жедел раўажландырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бойынша барлық тараўларда, бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыўда, экономикада, билимлендириўде, денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығында комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Халық билимлендириў тараўында бул бағдардағы жумыслардың нәтийжеси айқын көзге тасланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы интернет инфраструктурасы жаратылған барлық 721 улыўма орта билим бериў мектебинде «Электрон кундалик» ҳәм YaET-ERP автоматластырылған мәлимлеме системалары, сондай-ақ,  Smartland  билимлендириў платформасы, kitob.uz, edukids, maktab.uz, educare.uzedu.uz, idea.uzedu.uz, VR-360 саяхат ҳәм artshop.uzedu.uz сыяқлы арнаўлы интернет ресурслары енгизилген болып, бүгинги күнде пайдаланыўға қабыл етилген. Буннан тысқары министрликтиң орайлық аппараты ҳәм районлық (қалалық) халық билимлендириў бөлимлеринде ijro.gov.uz, e-huquqshunos, e-xat электрон ҳүжжет алмасыў системалары енгизилген болып, соннан e-huquqshunos системасы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде енгизилген.

Жоқарыда атап өтилген мәлимлеме системалары ҳәм интернет ресурслары билимлендириў сапасының артыўына хызмет етери сөзсиз. Олар муғаллимлер ушын сабақ өтиў процесинде бир қанша қолайлықлар ҳәм жеңилликлер жаратса, ал, оқыўшылардың оқыўға қызығыўшылығын арттырған ҳалда және де терең билим алыўы ушын тийкар жаратады.

Билимлендириўде, әсиресе, мектеп билимлендириўинде мәлимлеме-коммуникация технологияларын және де раўажландырыў ушын усы тараўда тәжирийбели қәнигелерди таярлаў ҳәм халықтың арасында санлы билимлендириў көнликпелерин жетилистириў талап етиледи. Усы талапқа бола, жақында Қубла Корея Республикасына елимизден 35, соннан Қарақалпақстан Республикасынан 5 қәниге хызмет сапарына жиберилди. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме-коммуникация технологияларын ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бөлими бас қәнигеси Нурсултан Дүйсенбаев сапар даўамында алған тәсирлери, бүгинги күнде ийелеген билимлери тийкарында әмелге асырыўды режелестирген тәжирийбе алмасыў жумыслары ҳаққында айтып берди:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 20-июньдеги «Кореяның Экспорт-импорт банкиниң Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры қатнасыўында «Мектеп билимлендириўинде мәлимлеме-коммуникация технологияларын және де раўажландырыў» инвестициялық жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм KT Corporation арасында дүзилген шәртнама тийкарында елимизден жәми 35 қәниге жумыс тәжирийбесин арттырыў ушын Қубла Корея Республикасында болдық. Еки ҳәптелик хызмет сапары даўамында Кореяның билимлендириў системасында ерискен жетискенликлери, мектеп билимлендириўинде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилиўи менен таныстық. Бизлерге Корея университети профессоры Дуён Ким, Пусан университети профессоры Сохва Паклар билимлендириўдиң мәлимлеме системасын жаратыўда Корея тәжирийбеси, пандемия дәўиринде билимлендириў тараўындағы өзгерислер ҳаққында түсиник берди.  Ендиги ўазыйпамыз алған билимимизди басқаларға жеткериў, тәжирийбе алмасыў. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен медиа-реже ислеп шығылған болып, оған бола, келеси ҳәптеден баслап республикамыздың барлық қала ҳәм районларында семинар-тренинглер өткерилиўи режелестирилген. Оларда арнаўлы интернет ресурсларын мектеп оқыўшыларына және де кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оларға усы контентлерден нәтийжели пайдаланыўды үйретиў, олардың информатика пәнине ҳәм мәлимлеме-коммуникация тараўына болған қызығыўшылығын және де арттырыў бағдарындағы  тәжирийбемизди қолланамыз.

                                                      

       М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы