Бүгин, 19-сентябрь күни ҳәм ҳәпте даўамында Өзбекстан бойлап турақлы температура фонында қурғақ ҳәм бираз жыллы ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

19-23-сентябрь күнлери аралығында ҳаўаның температурасы тийкарынан түнги ўақытларда 13-18 градус, күндиз 29-34 градус аралығында болады. Бул сентябрь айыны усы күнлери ушын орташа көп жыллық температура өлшемлеринен бираз жоқары болып табылады.

«Қарақалпақгидромет» ертең, 20-сентябрь күни республикамыз аймағында ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын күтилмейтуғынлығын, самалдың бағыты шығыстан болып, 8-13 метр/секунд тезлигинде есетуғынлығын мәлим етти.

Ҳаўаның температурасы:

Үстиртте түнде +10…+15 градус, күндиз +26…+31 градус;

Арқа районларда түнде +10…+15 градус, күндиз +26…+31 градус;

Арқа-шығыс ҳәм орайлық районларда түнде +11…+16 градус, күндиз +27…+32 градус;

Қубла районларда түнде +12…+17 градус, күндиз +28…+33 градус;

Пайтахтымыз Нөкис қаласында түнде +12…+14 градус, күндиз +30…+32 градус әтирапында жыллы болыўы күтиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.