Бүгин, 19-сентябрь – Қырғызстанда миллий азалаў күни деп жәрияланды. Сол себепли мәмлекет бойлап ҳәм сырт еллердеги елшиханалар және консуллықларда мәмлекет байрақлары түсирилди.

Соның менен бирге, мәденият мәкемелери ҳәм телерадиокомпанияларға кеўилашар илажлар және бағдарламаларды бийкар етиў усыныс етилген.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы жылдың 14-сентябрь күни қырғыз-тәжик шегарасында қураллы соқлығысыўлар басланып, еки мәмлекет басшыларының Самарқандтағы ушырасыўынан соң шегарадағы соқлығысыўлар бирқанша тоқтаған еди. Бирақ, айырым дәреклерде жазылыўынша, еки мәмлекет шегарасындағы жағдай еле кескинлигинше қалмақта.

Мағлыўматларға қарағанда, Қырғызстанның Тәжикстан менен шегарадағы қураллы соқлығысыўлары ақыбетинде жәми 59 қырғызстанлы қайтыс болған, 163 адам түрли дәрежеде дене жарақатын алған. Айрықша жағдайлар министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, усы соқлығысыўлар ақыбетинде шегара аймақларынан 140 мыңға шамалас халық эвакуация етилген.

Өз гезегинде, Тәжикстан тәрепи де қураллы соқлығысыўларда 60 тан аслам адам қайтыс болғанын мәлим еткен, – деп жазады «Xabar.uz» басылымы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.