Быйыл Президентимиздиң басламасы менен Нөкис қаласындағы бир қатар мәкан пуқаралар жыйынларында кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, аўыр аймақлар абат мәҳәллелерге айландырылмақта. Жоллар оңланып, тазаланбақта. Үйме-үй кирип сәўбетлесиў арқалы пуқаралардың мүрәжатларынан келип шығып, суў, газ, электр энергиясы, медициналық хызмет сыяқлы бир қатар машқалалары шешилмекте.

Бул ийгиликли жумыслардан тараўлар да шетте қалып атырған жоқ. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы да өзлерине бекитилген жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетпекте.

Ҳәзирги ўақытта олар тәрепинен Нөкис қаласындағы «Аманлық гүзары» МПЖ да 3100 метр аралыққа қум ҳәм шағыл тас араласпасы, жәми 9 көше бойлап төселмекте. Ҳәзирги күнде бул аймақтағы инсанлардың узағын жақын етиў мақсетинде тийисли тараў ўәкиллери күни-түни мийнет етпекте.

Ал, «Жеке терек» МПЖ аймағында асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта.

  • Басқарма хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласындағы аўыр аймаққа киргизилген мәҳәллелерде бир қатар абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы, подполковник Азамат Давлетов.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған график тийкарында қаладағы 28 аўыр мәҳәлледе абаданластырыў, ишки жолларын оңлаў ушын ҳәр бир көшеге жуўапкерлер бириктирилип, оларға бир айлық анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы 28 мәҳәлледеги 457 көшеде әмелге асырылыўы режелестирилген жумысларға басқарма ҳәм оған қараслы бөлимлерден, жәми 800 ге шамалас хызметкер қатнаспақта. Бул жумысларға 150 арнаўлы техника тартылған.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасынан бекитилген офицер хызметкерлер тәрепинен ҳәр бир МПЖ ға қум шағыл тас араласпаларының өз ўақтында жеткерилиўи қадағалаўға алынған.

Усы күнге шекем бул мәҳәллелерге Қаратаў тас карьеринен темир жол арқалы 799 вагонда 37 мың 692 метр куб, жүк автотранспортлары арқалы 1052 рейсте (қатнаўда) 38 мың 900 метр куб, жәми 76 мың 592 метр куб қум шағыл тас араласпалары жеткерип берилди.

Соннан, вагонлар арқалы жеткерип берилген қум шағыл тас араласпаларының Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң 50 әскерден ибарат топары тәрепинен түсирилиўи, жүк автомашиналарына жүкленип мәҳәллелерге жеткерилиўи ҳәм техникалардың жанылғы майының жумсалыўы қадағалаўға алынған.

Усы күнге шекем мәҳәллелердеги 17 көшеге 17,6 километрлик асфальт төселип, 1450 метрлик пиядалар жолы ислеп берилди. Ҳәзирги ўақытта 300 метрлик пиядалар жолы исленбекте. 38 шаңарақтың кириў есиклерине шекем жол ислеп берилди. Көшелердиң алдына егин егиў ушын жерин жақсылаў мақсетинде 70 машын топырақ төгилип, 176 терек нәллери егилди.

Сондай-ақ, 80 сотых жерге бийдай егилип, шаңарақларға тийисли 42 турақ жайдың сырты сыбалды. Шаңараларға тийисли 8 турақ жайдың төбеси шифрланып, бир турақ жай толық жаңадан қурып берилди. Соның менен бирге, жайлардың сыртқы фасад бөлеклерин ҳәклеў бойынша 82 турақ жайда жумыс исленди ҳәм 2,3 километрлик көше тазаланып, абаданластырылды.

Президентимиздиң тиккелей басшылығында, ел басшыларымыздың жоқары дәрежедеги шөлкемлестириўинде халықтың турмысын, жасаў шараятларын жақсылаў мақсетинде, шараяты аўыр болған мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған бул ийгиликли жумысларда басқарма хызметкерлери де мүнәсип түрде қатнасып атырғанынан қуўанышлымыз. Себеби, көплеген адамлар оларға рахмет айтып, жасы үлкенлер пәтиясын берип, алғысламақта.

Басқарма тәрепинен орынларда абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги