Талантлы жаслардың логикалық билимлерин арттырыў, оларды таңлап алыў ҳәм интеллектуаллық ойынларға кеңнен тартыў, бул ойынлардың шөлкемлестирилиўин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм зәрүр шараятлар жаратыў, сондай-ақ, халықтың интеллектуаллық потенциалын арттырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти трепинен «Закаўат» интеллектуаллық ойынын халық арасында ғалаба-ағартыўшылық ҳәрекетке айландырыў ҳәм басқа да интеллектуаллық ойынларды раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабылланып усы қарар талаплары тийкарында бүгинги күни бир қатар әмелий ислер әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, елимизде интеллектуаллық ойынларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги арқалы Мәмлекет бюджетинен 2022-жылы «Зәкаўат» интеллектуаллық клубы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемине 50 млрд сум қаржы ажыратылатуғынлығы бул қаржылар интеллектуаллық ойынларды шөлкемлестириў, сораў жоллаған телетамашагөйлерди материаллық хошаметлеў, экспертлер ҳәм төрешилерге мийнет ҳақы төлеў, «Зәкаўат» интеллектуаллық клубы ағзалары ушын ашық дизимнен өтиў электрон платформасын жаратыў ҳәм оны жүргизиў және жеңимпаз болған командалардың ағзаларын усы қарарда белгиленген тәртипте хошаметлеў, жас әўладтың интеллектуаллық потенциалын арттырыўға қаратылған компьютер ҳәм мобиль ойынларды жаратқан программистлерге грант ҳәм субсидиялар ажыратыў, сондай-ақ, бул ойынларды өткериўге байланыслы басқа да илажларды қаржыландырыў белгиленди.

Соның менен бирге, студентлер ушын «Закаўат» стипендиялары шөлкемлестирилди.

Президентимиздиң усы қарары талаплары тийкарында, республикамыз районларында мектеп оқыўшылары арасында «Закаўат» интеллектуаллық ойынының районлық басқышлары болып өтпекте.

Оған аймақлардағы мектеплердиң ҳәр биринен бир команда қатнасты.

Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы мектепте болып өткен жарыста 48 мектеп командалары еки басқышта, 30 сораў бойынша өзлериниң интеллектуаллық билимлерин сынақтан өткерди.

Жарыс жуўмағында, 3-санлы мектеп оқыўшылары биринши, 7-санлы мектеп оқыўшылары екинши  ҳәм 31-санлы мектеп оқыўшылары үшинши орынларды ийелеп, дәрежели Диплом, хошаметлеўши саўғаны жеңип алды ҳәм жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

-Жарыстың биринши басқышында 10 сораўдың сегизине дурыс жуўап берип, келеси басқышқа 1-орын менен шыққан едик. Бирақ, екинши басқышта албыраўшылық себепли ме яки әўметимиз күлип бақпады ма?-билмедим, республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизе алмадық,-дейди бизге 17-санлы мектеп командасы сәрдары Азиза Узақова.

Сондай-ақ, «Закаўат» интеллектуаллық ойынының Нөкис районлық басқышы да оғада қызықлы болып өтти.

Онда қатнасқан 31 мектеп командаларының барлығы да жарысқа пуқта таярлықлар көргенлигин көрсетип, олардың билим дәрежеси тәжирийбели төрешилер тәрепинен әдил түрде баҳаланып барылды. Жарыс жуўмағында 26 упай топлаған 1-санлы қәнигелестирилген мектеп оқыўшылары биринши, 23 упай топлаған 17-санлы мектеп оқыўшылары екинши, 22 упай топлаған 30-санлы мектеп оқыўшылары үшинши орынларды ийелеп, жарыстың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар дәрежели Диплом ҳәм хошаметлеўши саўғалар менен сыйлықланды.

-Мен 18-санлы мектептиң 9-класында оқыйман,-дейди бизге жарыс қатнасыўшыларының бири Қырмызы Қазақбаева.-Бизиң мектепте бүгинги күни жәми 45 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Оқыўшылар санының аз болыўына қарамастан, бизлер мектебимизде устазларымыздың бизге берген билимлерин көрсетиўге ҳәрекет еттик. Бирақ, рус әдебиятынан билимлеримиздиң сайызлығы бизлерге бираз пәнт берди. Алдағы ўақытлары өз үстимизде еле де көбирек оқып изленип, жарысларда жеңимпаз болыўға ҳәрекет етемиз.

Шынында да бул интеллектуаллық ойын оқыўшы жасларды  көбирек оқыў ҳәм излениўге умтылдырады. Бул болса, олардың ҳәр тәреплеме озық ойлы, билимли инсанлар болып жетилисиўине тийкар жаратады.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы