«Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны Шымбай районы орайында жайласқан болып, бүгинги күни аймақтағы 622 хожалықта 3700 ден аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.

Аймақ быйылғы жылы «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, ҳәзирги күнлери жыйында бир қатар ири қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, аймақта 8 км 184 метр аралыққа жаңадан ишимлик суўы тармақлары тартылып, 4,3 км жолларға шағыл тас төселди. Сондай-ақ, 6 км аралыққа пиядалар жоллары салынып, 900 метр жоллар бетонланды.

Халықтың электр энергиясына болған талабын үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде,  бир трансформатор жаңадан қурылып, көшелерге 118 бетон бағаналар орнатылды ҳәм 5,9 км аралыққа заманагөй кабельллер тартылмақта.

-Аймағымызда бурын бир балалар бақшасы болған болса, быйылғы жылы мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында, 90 орынға мөлшерленген жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылмақта,-дейди жыйын баслығы Маҳмуд Пахратдинов.-Ал, бурыннан ҳәрекет етип турған 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине капитал реконструкция жумыслары жүргизилмекте. Бул болса, өсип киятырған жас әўладларымызға Президентимиз, республика ҳәм район басшылары тәрепинен көрсетилип атырған аталарша ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады.

Соның менен бирге, аймақта газ бөлистириўши пунктлер ҳәм тармақларға да оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бизлер халқымызға көрсетилип атырған бундай ғамқорлық ушын ел басшыларына шексиз миннетдаршылық билдиремиз ҳәм республикамыздың еле де гүллеп-раўажланыўы ушын аянбай хызмет ете беремиз.





Әлбетте, аймақта исленип атырған бундай кең көлемдеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары жыйын халқының ертеңги күнге деген исенимин беккемлеп, оларды және де алға қарай умтылдырмақта.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы