Ҳәзирги ўақытта «Tashkent indeх» аймағында зәрүрлик ушын дерлик 3 мың орынлық жатақ жай таярланып, бүгин оларға 600 ден аслам студент-қыз жайластырылған.

Студент-қызлар ҳәм олардың жақынлары дәслеп комплекстеги шараятты көзден өткерип, жаратылған имканияттан қанаатланғанын билдирген.

Талаплардан келип шығып, жатақ орынларын арттырыў ҳәм оларға студентлерди жайластырыў жумыслары даўам еттириледи, делинеди министрликтиң хабарында.

Еслетип өтемиз, «Tashkent indeх» саўда комплексинде студентлер ушын 10 мың орынлық жатақ жай таярланып атырғаны ҳаққында xabar.uz сайты мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги