Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында тараўлар бир-бирден таңлап алған мектеплеринде, оқыўшыларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде ҳәр қыйлы дөгереклер шөлкемлестирип, усы мақсетте арнаўлы илажлар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен таңлап алынған Нөкис қаласындағы 31-санлы шет тиллерин оқытыўға қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде ҳәзирден баслап балалардың бажыхана тараўына қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «бажыхана дөгереги» шөлкемлестирилген.

2022-2023-жаңа оқыў жылында усы дөгерек өз жумысларын баслап, онда «Даўыт ата» шегара бажыхана постының аға инспекторы, «Дўстлик» ордени ийеси Шайда Жуманиязова мектептиң 8-класында оқып атырған оқыўшыларға кирисиў сабағын өтти. Сабақта бажыхана уйымларының жумыслары, тарийхы, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм ҳуқықлары туўралы дәслепки түсиниклер берилди.

Дөгерек сәўбетлесиўи тәризинде өткерилген сабақ даўамында бажыхана шегара постларының атамасы, олар арқалы товар-материаллық байлықларды алып өтиўдиң тәртип-қағыйдалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги