Түркия Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза болыўды режелестирмекте. Бул ҳаққында мәмлекет Президенти Режеп Таййип Эрдоған Өзбекстанға сапарының жуўмағы бойынша мәлим етти, деп жазды «Haberturk» газетасы.
«Анқараның шөлкем саммитинде қатнасыўы арнаўлы мийман статусы менен түсиндириледи», делинеди хабарда.
Мәмлекет басшысы, сондай-ақ, «бул қәдем гезектеги процесстиң басланыўынан дәрек, кейинги жылы шөлкем саммитине Ҳиндстан басшылық етеди, күн тәртибине бундай жаңалықлар киргизилиўи мүмкин», деген ШБШға ағзалықты нәзерде тутып.
Оның сөзлерине бола, бул қатнасыўшы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Ҳәммемизге белгили, Эрдоған 15-16-сентябрь күнлери ШБШның Самарқанд саммитинде қатнасты.
ӨзА