Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф 15-16-сентябрь күнлери ШБШның Самарқанд саммити илажларында қатнасыў ушын Өзбекстанға келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Пакистан делегациясы ШБШ саммити шеңберинде шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм регионаллық қәўипсизликке байланыслы ушырасыўларда қатнасады.

А.МУСАЕВ,

ӨзА