Транспорт министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Самарқандта Қытай, Қырғызстан ҳәм Өзбекстанның тийисли уйымлары арасында «Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай» темир жолы қурылысының жойбары бойынша бирге ислесиў келисимине қол қойылды.

Бул ҳүжжет пенен Қырғызстан аймағындағы темир жол қурылысы жойбарының техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў бойынша барлық жумысларды 2023-жылдың биринши ярым жыллығында жуўмақлаў белгиленген. Сондай-ақ, жойбардың техникалық-экономикалық тийкарын ислеп шығыўда тәреплердиң қатнасы, қаржыландырыў ҳәм қәрежетлерди бөлистириўине анықлық киргизилген.

Жойбар Қытайдан Өзбекстан арқалы Европаға ҳәм қубла жоллар менен Парсы қолтығы мәмлекетлерине тасыўларды және саўда географиясын кеңейтиў ушын тийкар болып хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Мағлыўмат орнында айтыў орынлы, темир жол қурылысы пүткил Орайлық Азия регионының транспорт ҳәм транзит потенциалын арттырады.

Магистраль Қытай, Қырғызстан ҳәм Өзбекстанның Каспий теңизи портлары ҳәм оннан кейин Европа менен, келешекте болса Трансаўған темир жолы арқалы Пакистан портлары менен байланысыўы мүмкин.

ӨзА