Кегейли районының дийқан, фермерлери быйылғы жылы ерте бәҳәрде 5000 гектар майданға шигит егип, оларға агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўниң нәтийжесинде пахта атызларында мол зүрәәт жетистирилди

Олар мәмлекетимиз қырманына бул жерлерден 11200 тонна пахта тапсырыўды режелестирип, оның көпшилик бөлегин жоқары сортларға  сатыўды нийет еткен.

Кеше “Халқабад пахта тазалаў заводы”нда район дийқанларының пахта тапсырыў кәрўаны болып өтти.

Оған райондағы сектор басшылары ҳәм аўыл хожалығына тийисли мәкеме-кәрханалар менен фермер хожалығы баслықлары қатнасты.

Қабыллаўда район ҳәкими Д.Утемуратов  пахтаны қысқа мүддетте  сапалы етип терип алыўда  фермер хожалығы ағзалары  ҳәм теримшилерге барлық қолайлы жағдайлар жаратылғанлығын атап өтип, бириншилерден болып пахта тапсырған фермер хожалықларын қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы