«Инсан қәдири ең жоқары қәдирият» принципин өзине сүрен етип алған мәмлекетимизде көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, медицина тараўына қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде, сырт еллерден заманагөй медициналық әсбап-үскенелер алып келинип, ең қурамалы операциялардың өзи елимиздеги емлеў мәкемелеринде жергиликли ҳәм шет елли жоқары маманлықтағы шыпакерлер тәрепинен исленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен де халық саламатлығын қорғаў ҳәм оны беккемлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, республикамыз аймағында жасаўшы халық орынларда медициналық тексериўден өткерилип, оларға тийисли шыпакерлер тәрепинен бийпул мәсләҳәтлер берилмекте.

Соның ишинде, Нөкис қаласы “Боз аўыл”, “Алтын жағыс” мәкан пуқаралар жыйынларында Нөкис қалалық медицина бирлеспеси балығы Ж.Тариховтың басшылығында республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалларының тәжрийбели шыпакерлери, Нөкис қалалық 5-санлы Шаңарақ поликлиникасы медицина хызметкерлери қатнасыўында “Инсан саламатлығы” сүрени тийкарында бийпул медициналық тексериў шөлкемлестирилди.

Акцияда аймақтағы пуқаралар ҳәм жатақта жатқан наўқаслар мобиль рентгенография автотранспорт, 1 мобиль клиника (УЗИ, офтальмология) үскенелери жәрдеминде тексериўден өткерилип шыпакерлер тәрепинен наўқасларға анық диагнозлар қойылды ҳәм бийпул кеңеслер берилди.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы