Бул ҳаққында orda_kz каналы хабар бермекте.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың атап өтиўинше, бул ушырасыў Қазақстан ҳәм Ватикан арасындағы қатнасықлар ҳәм бирге ислесиўге үлкен жәрдем береди.
«Папа ҳәзиретлери, ертеңги конгресстеги қатнасыўыңыз оның табысын тәмийинлеўине ҳәм Қазақстан және пүткил жер жүзи католиклериниң кеўиллерин бахытқа толтыратуғынына исенемен»,-деди Тоқаев.
Рим папасы Франциск оған жуўап ретинде Қазақстан пуқараларын қутлықлап, шын кеўилден қабыллағаны ушын Тоқаевқа миннетдаршылық билдирди. «Мен тынышлық елшиси сыпатында келдим, қарым-қатнас излеп атырман, аўызбиршиликти қәлеймен. Бизиң дүньямыз үнлесликке оғада мүтәж,-деди Понтифех.
Понтифек дүнья тынышлығы ҳәм Украинадағы урысты тоқтатыўға шақырды.
ӨзА