Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған Әзербайжан Президенти Илҳом Алиевке қоңыраў етип, Армения-Әзербайжан шегара аймақларындағы жағдайды додалады, деп хабар берди «Анадолу» агентлиги.
«Түркия ҳәр қашан Әзербайжанға жақын ҳәм мәмлекетлеримиз бир-бири менен тилеклес», деди Эрдоған.
Алиев «Туўысқан Түркия әдеттегидей Әзербайжанды қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз бәрқулла Түркия менен ҳәр мәселеде жақын» екенин атап өтти.
Сондай-ақ, Түркия жетекшиси Армения Қураллы күшлери тәрепинен әмелге асырылған кең көлемли провокацияның алдын алыў ўақтында шейит болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына және пүткил Әзербайжан халқына терең кеўил билдирди.
ӨзА