Парламент ағзаларының пайтахттың атын өзгертиў ҳаққындағы усынысы Конституциялық нызам жойбарына киргизилген.

Ҳәммемизге белгили, парламенттиң бир топар депутатлары Қазақстан пайтахтына Астана қаласының бурынғы атын қайтарыўды усыныс еткен.

Президентке бул бағдардағы баслама ҳаққында депутатлар мағлыўмат берип, олар өз гезегинде халық пенен ушырасыўларда қайтадан билдирилген усыныслар, референдум даўамында пуқаралардың көплеген мүрәжатлерине сүйенди.

Буннан соң Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекет пайтахты атын Нурсултаннан Астанаға өзгертиўге келисим билдирип, бул усыныс Конституциялық нызам жойбарына киргизилиўине руқсат берген. Бул ҳаққында Orda.kz каналы мәлим етпекте.

Соның менен бирге, Президент Н.А.Назарбаевтың Қазақстанның заманагөй мәмлекетшилигин беккемлеў ҳәм пайтахтты қәлиплестириўдеги мүнәсип үлесин атап өтти.

Соның ушын Биринши Президент атындағы басқа объектлер де өзиниң атын сақлап қалыўы керек»,-деди Президент баспасөз хаткери Руслан Желдибай.

ӨзА