Қазақстан Конституциясына бир мәртелик жети жыллық президентлик мүддетинее өзгерислер киргизиўди усыныс ететуғын нызам жойбары мәмлекеттиң Тийкарғы нызамына сәйкес келди. Бул ҳаққында республика конституциялық кеңесиниң жәриялаған жуўмағында айтылады.
«Қазақстан Республикасы Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қазақстан республикасының нызам жойбары Қазақстан Республикасы Конституциясына, соның ишинде, Тийкарғы нызамның 91-статьясының 2-бәнтинде белгиленген талапларға муўапық, деп белгиленсин», делинеди ҳүжжетте. Оған бола, Конституциялық кеңес Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың усы нызам жойбарының Конституциялық талапларына муўапықлығын анықлап бериў бойынша еткен мүрәжатына тийкарланып жуўмақ таярлап берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги