Энергетика министрлиги жанындағы Қайта тикленетуғын энергия дәреклери миллий илимий-изертлеў институтында қуяш энергиясынан пайдаланған ҳалда электромобильлерди жоқары тезликте зарядлайтуғын қурылмаларды жаратыў ҳәм раўажландырыў жойбары  әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанның климат шараятын есапқа алып, энергия сақлаў системасына ийе болған қуяш фотоэлектр системасы арқалы жергиликли электр тармағы менен параллель ислейтуғын электромобильлерди тез зарядлайтуғын қурылма ислеп шығылды.

Ҳәзирше бул система жылына 32 мың кВт. Саат электр энергиясын ислеп шығарып, 950 электромобильди зарядлаў имканиятына және  11,2 мың куб метр тәбийғый газ үнемленип, атмосфераға 19,8 тонна зыянлы газ шығарыўдың алды алынады, деп айтылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги