Патшайым Елизавета II ниң жерлеў мәресими 19-сентябрь күни өткерилиўи режелестирилди. Бул ҳаққында Букингем сарайынан жәрияланған баянатта айтылады.
«Уллы Мәртебели Патшайымның мәмлекетлик жерлеў мәресими Вестминистр аббатлығында 19-сентябрь, дүйшемби күни саат 11.00 де болып өтеди».
Жерлеў мәресими мәмлекетте дем алыс күни, деп жәрияланды. Жерлениўинен алдын Елизавета II ниң пейити (өли денеси) Британия парламенти имаратында төрт күн даўамында халық пенен хошласыў ушын келтириледи.
Ҳәзирги ўақытта марҳумның пейити Патшайым ҳәр жылы жаздың соңғы айын ҳәм сентябрь айының биринши ҳәптесин өткеретуғын ҳәм қайтыс болған Шотландияның Балморал сарайында сақланбақта.
Патшалықтың баспасөз хызметине қарағанда, екшемби күни катафалка (пейит алып жүретуғын арнаўлы транспорт қуралы)да патшалық табыты Балморалдан шығып, 170 километр жол басып, Эдинбургке жетип келиўи режеленген.
Патшалықтың шаңарақ ағзалары «Шахзадалар сергеклиги» деп аталатуғын дәстүр бойынша, кешени табыттың жанында өткереди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги