Президенттиң «Тәсиршең салық механизмин қолланыў нәтийжесинде пайда болған салық қарызын есаптан шығарыў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжетке бола:

– пайдаланылмай турған объектлер мүлк ийелерине арттырылған ставкаларда қолланылған тәсиршең салық механизми нәтийжесинде пайда болған мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша:

бар салық қарызы есаптан шығарылады;

салық қарызын өндириў менен байланыслы суд ҳәм орынлаў жумыслары жуўмақланады;

– 2022-жыл 1-июльден усы пәрман күшке киргенге шекемги дәўирде тәсиршең салық механизмин қолланыў нәтийжесинде өндирилген салық суммалары келеси төлемлердиң есабынан белгиленген тийисли объект мүлк ийелерине қайтарылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги