Қазақстан Сенаты (парламенттиң жоқарғы палатасы) баслығы Маулен Әшимбаев республика басшысы Қасым-Жомарт Тоқаевтың бир мәртелик жети жыллық президентлик мүддетин енгизиў басламасын қоллап-қуўатлайтуғынын айтты. Бул ҳаққында М.Әшимбаев журналистлер менен сәўбетлесиўде билдирген.
«Мәмлекетимиз пуқарасы бир мүддет президент етип сайланыўы ушын жети жыллық президентлик мүддет енгизилиўиниң тәрепдарыман. Бул республикамызда сиясий бәсекиликти раўажландырыў имканиятын береди ҳәм биз демократиялық сиясий теңсалмақлылықты қәлиплестириў жолында исенимли қәдем таслаған боламыз».
Әшимбаевтиң сөзлерине қарағанда, бул норма «Қазақстанда ҳәкимияттың бир адамның қолында усланыўы»н және де шеклейди».
«Сайлаўалды бағдарламамызды әмелге асырыў, айрықша берилген ўәделерди орынлаў, мәмлекет ушын бир қатар жойбарларды әмелге асырыў ушын жети жыл жеткиликли ўақыт есапланады. Бул жойбар Қазақстандағы сиясий реформалар бағдарламасының бир бөлеги ғана. Бул ҳәкимиятты монополиядан шығарыў мүмкиншилигин береди», деди Сенат Баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги