Азия мәмлекетлериниң экономикасы Батыс мәмлекетлерине салыстырғанда жедел өспекте, бул тенденция келешекте де даўам етеди, деди Россия Президенти Владимир Путин Шығыс экономикалық форумының жалпы мәжилисинде.
«Еслетип өтиўди зәрүр деп билдим, кейинги 10 жыл ишинде Азия мәмлекетлериниң жалпы ишки өними ҳәр жылы шама менен 5 процентке өскен болса, дүньяда 3 процент, АҚШ та 2 процент, Европа Аўқамында 1,2 процентке өскен. Бирақ бул да әҳмийетли емес, бул тенденция даўам етиўи керек. Нәтийжеде, Азия экономикасының глобал жалпы ишки өнимдеги үлеси өседи ҳәм 2015-жылғы 37,1 проценттен 2027-жылы 45 процентке шекем өседи. Әне бул тенденция ең жоқарғы көрсеткиш болыўы мүмкин», деди Путин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги