1-март күни пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеп-интернатында өзбек халқының ардақлы перзенти, Өзбекстан халық шайыры, «Нилуфар» ҳәм Жавоҳарлол Неру атындағы халықаралық сыйлықтың лауреаты  Зулфия Исрайлованың туўылған күни мүнәсибети менен «Зулфияның поэзия сабақлары» атамасында әдебий әнжуман өткерилди.

Оған республикамыздағы белгили жазыўшы-шайырлар ҳәм Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, мектеп оқыўшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

– Зульфия өзбек әдебиятының ең ири ўәкиллериниң бири есапланады. Шайырдың дөретиўшилиги оғада кең диапозонлы, көркемлик жақтан жетилискен, йошлы шығармалардан ибарат. Оның қосықлары лирикалық сезимлерге, рәңбе-рәң сүўретлеўлерге, әжайып образларға бай. Шайыр лирикасы рус, украин, қазақ, әзербайжан, түркмен тиллерине аўдарылған, – дейди филология илимлериниң докторы Зыяда Бекбергенова. – Шайыр Өзбекстан қуяшын, оның сыйқырлы тәбияты менен мийнеткеш адамларын, гөззал бәҳәрин, жарқыраған жазын, дослықты ҳәм тынышлықты, ярға болған сап муҳаббатты, перзентлерге деген аналық меҳирди жан-тәни менен тербене жырлаған. Зульфияның қосықлары арқалы халқымыз руўхый азық алып қоймастан, басқа да туўысқан халықлар менен шет елли дослар да мақтана алады.

Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы Г.Аннақлычева, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ.Бегниязовалар шығып сөйлеп, шайырдың дөретиўшилик жолы, оның инсаныйлық пазыйлетлери, поэзиясының өзине тән тәрбиялық әҳмийети ҳаққында кең түрде атап өтти.

Әдебий кеше қатнасыўшыларына Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Зийўар» клубы ағзаларының ҳәм мектеп-интернатының шайыр дөретиўшилигинен таярлаған мушайрасы қойып берилди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.