Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 29-ноябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң мәжилислеринде аймақлық ишки ислер уйымлары басшыларының орынбасарлары – жәмийетлик қәўипсизлик хызмети баслықлары тәрепинен ҳәр шеректе жәмийетлик қәўипсизлик бойынша есабат бериў әмелиятының жолға қойылатуғыны белгиленген еди.

Усы тәртип тийкарында халық депутатлары Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң жетпис биринши сессиясында Самарқанд ўәлаяты Ишки ислер уйымлары тәрепинен усы жылдың екинши шереги даўамында ўәлаят аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша Самарқанд ўәлаяты ИИБ баслығының орынбасары – жәмийетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы подполковник Х.Умаров есабат берди.

– Президентимиздиң пәрманы тийкарында Ишки ислер министрлиги структурасында Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти шөлкемлестирилип, аймақлық бөлимлериниң қурамына жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм пробация хызметлери киргизилди, – дейди Х.Умаров. – Ҳүжжетте белгиленгениндей, ўәлаятымызда жергиликли бюджет есабынан Каттақорған қаласында усы қала ҳәм Пахтачи, Каттақорған ҳәм Нарпай районларына хызмет ететуғын патруль-пост хызметиниң бөлими ушын 25 штат бирлиги енгизилип, хызметкерлерге хызметтен пайдаланыў мақсетинде 12 «NEXIA-3» автотранспорт қуралы ажыратылды. Ўәлаятлық ИИБ жәмийетлик қәўипсизлик хызмети жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында 11 штат бирлигинен ибарат атлы бөлим шөлкемлестириледи. Усы ўақытқа шекемги болған 16 ўақтынша сақлаў қамақханаларының алтаўы қысқартылып, аймақларда 4 районлараралық конвой топарларының жумысы жолға қойылды.

Ўәлаят аймағында студент жаслар арасында жүз бериўи мүмкин болған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде ўәлаят аймағындағы 8 жоқары билимлендириў мәкемесинде шәртнама тийкарында профилактика инспекторы штат бирликлери енгизилип, хызметке тартылды. Инспекторлардың екеўи ҳаял-қызлар болып есапланады.

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде қала ҳәм районлар ҳәкимлериниң қарарына тийкарланып ўәлаят аймағында 40, соның ишинде, Самарқанд қаласында 14, Булунғур ҳәм Пахтачи районларында 6 дан, Жамбайда 4, Каттақорған қаласында 2 ҳәм Иштихан, Ақдәрья, Пайариқ, Пастдарғом, Самарқанд, Ургут, Тайлақ ҳәм Каттақорған районларында биреўден мәҳәлле ҳуқық-үгит-нәсиятлаў орынлары шөлкемлестирилди.

Усы жылдың өткен 6 айы даўамында ўәлаяттағы жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлейтуғын ҳәм онда қатнасатуғын субъектлер менен биргеликте Өзбекстан Республикасында Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясын 2022-жылы әмелге асырыў бойынша «ЖОЛ КАРТА»сының орынланыўы бойынша профилактикалық илажлар өткерилип, унамлы нәтийжелерге ерисилди. Бирақ, жаратылып атырған имканият ҳәм қолайлықларға қарамастан, биргеликте алып барылған профилактикалық илажлар керек дәрежеде шөлкемлестирилмегени нәтийжесинде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында бир қатар кемшиликлерге жол қойылды. Ақыбетинде ўәлаят аймағында улыўма жынаятлар өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 12,7 процентке (2853-3217) көбейген.

Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлейтуғын ҳәм онда қатнасатуғын субъектлер менен биргеликте тыныш емес шаңарақлар менен ислесиў, шаңарақлардағы келиспеўшиликлерди үйрениў ҳәм оларды сапластырыў бағдарындағы жумыслар системалы ҳәм мәнзилли түрде алып барылмағаны ақыбетинде жылдың 6 айы даўамында ўәлаят аймағында жүз берген жынаятлардың 26 сын шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңбериндеги шахстың турмысы ҳәм денсаўлығына қарсы қаратылған жынаятлар шөлкемлестирилди.

Ашынарлысы, улыўма жынаятлардың 7,1 проценти ҳаял-қызлардың үлесине туўра келип, олар тәрепинен жүз берген жынаятлар 81 ге (149-230) көбейген. Бурын судланғанлар тәрепинен исленген жынаятлар да 23 ке артқан.

Ғ.Хасанов, ӨзА