Борис Жонсон Уллы Британия премьер-министриниң Даунинг-стриттеги резиденциясында хошласыў сөзин сөйледи.

«Консерватор кәсиплеслериме айтарым, сиясатты тоқтататуғын ўақыт келди. Биз бәримиз Лиз Трасс пенен оның бағдарламасы дөгерегинде биригип, ел-халққа хызмет етиўимиз керек. Соңғы үш жылда мени және шаңарағымды, ийтим Диланды бақлағанлардың бәрине рахмет. Партияма бәрқулла мынаны айтқым келеди, егер ийтим Дилан менен пышығым Ларри өзиниң қыйыншылықларын жеңе алса, Консервативлик партия да жеңиске ериседи», – деп ҳәзиллести Уллы Британияның бурынғы ҳүкимет басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги