Мектеп сабақлықлары ҳәм шынығыў дәптерлериниң ижара төлемлери муғдарларының кескин арттылыўы мүнәсибети менен кең жәмийетшилик, ата-аналар тәрепинен билдирилген наразылықлар бойынша Президентимизге мәлимлеме берилди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәлим етти.
Мектеп сабақлықлары балалардың улыўма орта билим алыўында оғада айрықша әҳмийетке ийе екенлигин есапқа алып және мектеп оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналарын, нызамлы ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, социаллық әдилликти тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы Министрлер Кабинети ҳәм Халық билимлендириў министрлигине мектеп сабақлықлары ҳәм шынығыў дәптерлерин бийпул ижараға бериўди жеделлик пенен жолға қойыў бойынша тапсырма берген.
Еслетип өтемиз, алдын сабақлықлар топламларының ижара баҳаларының кескин артқаны мәлим етилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги