Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хаткери Шерзод Асадов журналистлер ушын гезектеги брифингти өткерди.

Дәстүрге бола, илаж алдында мәмлекетимиз басшысының өткен ҳәптедеги жумысы ҳаққында қысқаша мәлимлеме берилди.

Буннан соң, басланған ҳәптеде Президентимиздиң қатнасыўында өткерилиўи режелестирилген бир қанша илажларға тоқтап өтти.

Атап айтқанда, Шавкат Мирзиёев Парламентлераралық Аўқамға ағза мәмлекет парламентлери ҳаял басшыларының 14-саммити қатнасыўшылары менен ушырасыў өткериўи режелестирилген.

Сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги Саммитине таярлық бойынша презентациялар болып өтеди.

Буннан тысқары, Президентимиз мәмлекетимиздиң экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына бағышланған бир қатар мәжилислер өткереди.

ӨзА