Ҳүкимет қарары (480-санлы, 31.08.2021 ж.) менен «Кинематография фидокори» көкирек белгиси шөлкемлестирилди ҳәм оған байланыслы реже тастыйықланды.
Реже бойынша, көкирек белгиси менен миллий кинематография тараўын раўажландырыў көркем ҳәм идеялық жақтан жетик фильмлер жаратыў, миллий фильмлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўға мүнәсип үлес қосқан шахслар сыйлықланады.
Мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлер тәрепинен көкирек белгиси менен сыйлықлаў ушын талабанлар бойынша усыныслар ҳәр жылы 1-декабрьге шекем Кинематография агентлигине бериледи.
Сыйлықлаўға байланыслы усынысларды көрип шығыў ушын Агентликтиң бас директоры тәрепинен 5 адамлық комиссия дүзиледи.
Комиссия тәрепинен 20-декабрьге шекем мүнәсип талабанлар бойынша шешим қабыл етиледи ҳәм усы тийкарда бас директордың буйрығы 25-декабрьге шекем қабыл етиледи.
Көкирек белгиси ҳәр жылы 28-декабрь – Халықаралық кино күни алдынан салтанатлы түрде тапсырылады.
Көкирек белгиси менен сыйлықланғанларға БЕМның 4 есеси (1,2 миллион сум) муғдарында ақшалай сыйлық бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги