Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкт Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, мине, усы саўлатлы «Жаңа Өзбекстан» бағында турып, сиз әзизлерди, пүткил халқымызды уллы байрам – Ғәрезсизлик күни менен шын қәлбимнен қызғын қутлықлайман.

Ҳәммеңизге өзимниң жоқары ҳүрметимди, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Әзиз дослар!

Буннан отыз бир жыл алдын дүнья картасында «Өзбекстан Республикасы» деген жаңа ғәрезсиз мәмлекет пайда болды.

Биринши Президентимиз ҳүрметли Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың басшылығында елимиздиң миллий ғәрезсизлигин дүньяға жәрияладық.

Арадан жыллар, әсирлер өтеди. Бирақ миллий мәмлекетшилигимизди, өзлигимиз ҳәм инсаный ҳуқықларымызды тиклеп берген, барлық табыс ҳәм шеклеримиздиң тийкары болған Ғәрезсизлик күни биз ушын, келеси әўладларымыз ушын бәрқулла ең уллы, ең әзиз байрам болып қалады.

Қәдирли ўатанласлар!

Кейинги алты жыл даўамында биз Ўатанымыз раўажланыўының жаңа басқышында кең көлемли реформаларымызды баслап, избе-из даўам еттирмектемиз.

Өткен дәўирде «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип жумыс бағдарламамызға айланды.

Министр ҳәм ҳәкимлер, депутат ҳәм сенаторлар, басшы ҳәм жуўапкерлер, улыўма, бәрше-бәршемиз, уллы шайырымыз Шолпан айтқанындай, халықтың ишине кирип, халықтан күш алып, жаңа қатнас тийкарында халқымызға хызмет етпектемиз.

Бир ҳақыйқатты исеним менен айтыўға барлық тийкарларымыз бар: ҳәзирги Өзбекстан  – бул кешеги Өзбекстан емес. Ҳәзирги халқымыз да кешеги халық емес.

Мәмлекетимиз пандемия ҳәм глобал кризистиң унамсыз тәсирлерине қарамастан, еркин, абат ҳәм абадан өмир қурыў жолынан исенимли алға бармақта.

Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, бүгин биз умтылып атырған Жаңа Өзбекстанды қурыў, ^шинши Ренессанс тийкарын жаратыў аңсат емес. Бундай уллы ўазыйпаның шәрти ҳәм өлшемлери көп. Бирақ, ең әҳмийетли ҳәм шешиўши фактор – бул демократиялық реформалар жолы.

Соның ушын халқымыздың мәпине толық жуўап беретуғын бул жолдан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Қаншелли қыйын болмасын, тек ғана алдынға қарап барамыз.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Биз ушын инсан, оның қәдир-қымбаты қаншелли әзиз болса, оның естелиги де соншелли муқаддес болып есапланады.

Сол себепли, Ўатан азатлығы жолында қурбан болған ата-бабаларымыздың атларын ақлаў, олардың жумысы, илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасын үйрениў, естелигин қәдирлеўге және де үлкен әҳмийет қаратпақтамыз.

Миллий қәдириятларымызда айрықша орын ийелейтуғын әўладлар арасындағы дәстүрлер даўамлылығын сақлаў, урыс ҳәм мийнет ветеранларының, ҳүрметли ата-аналарымыздың өмирин және де мазмунлы етиў тек ғана ўазыйпамыз емес, бәринен бурын, инсаныйлық миннетимизге айланбақта.

Сондай-ақ, биз Жаңа Өзбекстанды қурыўда күш-ғайратлы жасларымызды халқымыздың шын мәнидеги таянышы ҳәм сүйениши, деп билемиз.

Перзентлеримиз абырайлы халықаралық жарыслар менен фестивальлар, пән олимпиадалары ҳәм таңлаўларда жеңимпаз болып, Өзбекстан байрағын бәлент көтерип келмекте.

Жақында Ҳиндстанда болып өткен жәҳән шахмат олимпиадасында сайланды командамыз тарийхта биринши мәрте «Олимпиада чемпионы» деген уллы даңққа миясар болғаны ҳәммемизге шексиз мақтаныш бағышлайды.

Усы уллы әййямда мине, усындай ақыллы, ерк-ықрары беккем, мәрт ҳәм батыр ул-қызларымызды, олардың ата-аналары, устаз-тренерлерин өзимниң атымнан, халқымыздың атынан және бир мәрте қутлықлап, оларға жаңа табыс ҳәм әўметлер тилеймен.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз жаслары Түркияда өткерилген Ислам тилеклеслик ойынларында, әскерий хызметкерлеримиз болса, халықаралық армия жарысларында ылайықлы қатнасып, сыйлы орынларды ийелегени алғысқа ылайық.

Әзиз ўатанласлар!

Мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы статусы ҳәм абырай-мәртебеси күн сайын жоқарыламақта. Бир барлық бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен дослық ҳәм тең ҳуқықлы сыртқы сиясат жүргизиўди даўам еттиремиз.

Пурсаттан пайдаланып, ҳәзирги салтанатлы мәресимде қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин қызғын қутлықлаймыз.

Нәтийжели бирге ислесиў байланысларымызды раўажландырыўға қосып атырған үлкен үлеслери ушын шын қәлбимнен миннетдаршылық билдирип, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына тынышлық ҳәм абаданлық тилеймиз.

Ҳүрметли дослар!

Биз бүгин Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын жедел әмелге асырмақтамыз.

Бизиң мақсетимиз анық ҳәм саррас.

Жаңа Өзбекстан:

-ҳәр бир пуқараның турмысын және де жақсылаў мақсетинде мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын кең имканиятлар беретуғын;

-адамлар өз машқалалары ҳаққында ашық-айдын айтыўы ҳәм олардың шешими ушын биргеликте ҳәрекет етиўине барлық шараятлар бар болған;

-ҳәмме ушын әдилликти сөзсиз тәмийинлеў имканиятын бретуғын және пуқаралары социаллық дәрежесине қарамастан, нызам алдында тең болған;

-исбилерменликтиң раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылған мәмлекет болып табылады.

Бир сөз бенен айтқанда, Жаңа Өзбекстан дегенде, ҳәр бир пуқарасы ушын ғамхорлық ететуғын, ашық ҳәм әдалатлы жәмийет де түсиниледи.

Бул жоқары шеклерге ерисиў 2026-жылға шекем Раўажланыў стратегиясы шеңберинде кейинги жумысларымызды 5 тийкарғы ўазыйпа бойынша шөлкемлестиремиз.

Бириншиден, билимлендириў тараўында перзентлеримиз заманагөй билим ҳәм көнликпелерди пуқта ийелеўи ушын ең қолайлы шараятлар жаратыўды избе-из даўам еттиремиз. Оның ушын мектеплердиң оқыў бағдарламалары, оқытыў методикасы, сабақлықлар мазмуны түпкиликли қайта көрип шығылады.

Бул система алдын алдыңғы сырт ел қәнигелери тәрепинен экспертизадан өткерилип, кейин ғана турмысқа енгизиледи. Нәтийжеде Жаңа Өзбекстанның мектеп питкериўшиси заманагөй көнликпелерди ийелеген, мәлимлеме технологияларын пуқта өзлестирген, креатив пикирлейтуғын, еркин қарар қабыл ете алатуғын, ой-өриси кең шахс болып жетиседи. Оның ушын барлық аймақларымызда, әсиресе, аўыллық жерлерде мектеплер қурыў, оларды маман педагог кадрлар менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар беремиз.

Устаз ҳәм тренерлердиң машақатлы мийнетин хошаметлеў бағдарындағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтеремиз.

Имканияты шекленген балалар ушын инклюзив билимлендириўди ҳәр тәреплеме раўажландырамыз.

Екиншиден, суд системасы еркин болмаса, жәмийетимизде раўажланыў болмайды.

Суд уйымына жумысы түскен ҳәр бир шахс бул дәргайда нызам ҳәм әдиллик үстин екенине исеним пайда етиўи керек.

Жаңа Өзбекстанда ҳәр қандай тартыслы мәселеге әдалатлы шешим тек ғана әдил суд тәрепинен табылыўы керек. Судьялардың жумысына ҳәр қандай араласыў кескин жазаланады, олардың қәўетерсиз ислеўи ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылады. Қаншелли қыйын болмасын, суд системасындағы реформаларымызды, әлбетте даўам еттиремиз.

Үшиншиден, дүнья тәжирийбесинен белгили, тек ғана исбилерменлик раўажланған мәмлекетте – сапалы билимлендириў, қәнигели медицина, абадан турмыс ҳәм ертеңги күнге исеним болады.

Улыўма айтқанда, биз қурып атырған Жаңа Өзбекстанда бизнести раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынлары жаратылады, кәмбағаллық қысқарады, халықтың дәраматлары көбейеди. Оның ушын жеке меншик мүлк ҳәм исбилерменликке кесент берип атырған барлық тосқынлықлар сапластырылады.

Мәмлекетлик басқарыў реформаланып, экономикада мәмлекеттиң қатнасы кескин азайтылады.

Биз халық ҳәм исбилерменлерге салық жүгин жеңиллестириў, салық системасын әпиўайыластырыў бойынша реформаларды избе-из даўам еттиремиз. Онда ҳеш кимге айрықша жеңилликлер берилмейди, саламат бәсеки орталығы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылады.

Төртиншиден, денсаўлықты сақлаў системасында халыққа сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтемиз.

Барлық аймақларда қыстаўлы медициналық жәрдем мене6 қамтып алыўды кеңейтип, оны адамларға және де жақынластырамыз.

Мақсетимиз – халқымыз саламат турмыс кешириўи ҳәм орташа өмир сүриў дәрежесин узайтыўға ерисиў.

Бесиншиден, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси бәрқулла дыққатымыз орайында болады.

Тараўға тартылып атырған инвестициялардың көлеми кескин кеңейтиледи.

Соның менен бирге, машқалалы аймақларға таза ишимлик суўын жеткериў ҳәм сапасын жақсылаў бойынша өз алдына бағдарламаларды әмелге асырамыз.

Ҳүрметли дослар!

Әлбетте, бундай кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыўда алдымызда турған ҳәр қыйлы қыйыншылықлар ҳәм машқалалар пайда болыўы тәбийғый жағдай. Бирақ өзиниң тарийхында қаншадан-қанша сынақлар ҳәм машақатларды басынан өткерген мәрт ҳәм сабырлы халқымыз ҳәр қандай қыйыншылықларды жеңип өте алады. Мен буған беккем исенемен.

Тийкарғы авторы ҳәм дөретиўшиси халық болған – жаңаланып атырған Конституциямыз бул жолда беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Тийкарғы нызамымызды асықпай, терең ойлап, халқымыз бенен мәсләҳәтлесип, тек улыўмахалықлық референдум тийкарында қабыл етемиз.

Жаңа Конституциямыз шын мәнисиндеги халықшыл Тийкарғы Нызам, ҳақыйқый халық Конституциясы болатуғынына беккем исенемен.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Дүньядағы бүгинги қыйын жағдай бизден жумыстың көзин билип, күни-түни пидайы болып, жемисли мийнет етиўди талап етпекте.

Сонлықтан Қураллы Күшлеримиздиң қүдирети ҳәм потенциалын арттырыў да әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалады.

Әскер ҳәм офицерлеримиздиң жаўынгерлик таярлығы, әскерий шеберлиги, ўатан сүйиўшилик пазыйлетлерин арттырыўға және де көбирек әҳмийет беремиз.

Мине, усы қутлы күнде Ўатанды қорғаўда бәрқулла сергек турған мәрт ҳәм ержүрек азаматларымызды шын жүректен қутлықлап, оларға күш-ғайрат ҳәм әўметлер тилеймиз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Бүгин биз өзимиздиң алдымызға уллы ҳәм үлкен мақсетлерди қоймақтамыз.

Әне, усындай үлкен шеклерге жетиў жолында көп миллетли ел-журтымыз және де бирлесип, татыў бир шаңарақ, бир халық болып, шын жүректен ҳәрекет етпекте.

Бул – биз ерисип атырған барлық табысларымыздың беккем гиреўи, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Пурсаттан пайдаланып, реформаларымызды жедел қоллап-қуўатлап, оларды әмелге асырыўда турақлы пидайылық көрсетип киятырған мийнеткеш, уллы ҳәм кеңпейил халқымызға шын жүректен тәжим етемен.

Сиз, әзиз ўатанласларымызды Өзбекстан ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.

Ийгиликли арзыў-нийетлеримиз әмелге ассын!

Жаратқанның өзи бәршемизди өз панайында сақласын!

Елимиз тыныш, халқымыз аман, Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!