«Жаңа Өзбекстан» паркинде мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланған байрам салтанаты болып өтти.

Онда, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, халқымызды бул уллы әййям менен қутлықлады.

– Буннан отыз бир жыл алдын жәҳән картасында «Өзбекстан Республикасы» деген жаңа, ғәрезсиз мәмлекет пайда болды. Биринши Президентимиз ҳүрметли Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың басшылығында мәмлекетимиздиң миллий ғәрезсизлигин дүньяға жәриялады. Арадан жыллар, әсирлер өтеди. Бирақ миллий мәмлекетшилигимизди, өзлигимиз ҳәм инсаныйлық ҳуқықларымызды тиклеп берген, барлық табыс ҳәм шеклеримиздиң тийкары болған Ғәрезсизлик күни биз ушын, келеси әўладларымыз ушын бәрқулла ең уллы, ең әзиз байрам болып қалады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Иншаалла, солай болғай. Себеби, еркинликти сүйетуғын халқымыз ушын бул байрам оғада қәдирли. Ғәрезсизликке не бир қыйыншылықлардан кейин, сабырлылық пенен ерисилди. Мийнет, машақатлар менен жылдан-жылға беккемленди. Бүгин Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз болды. «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарғы талапқа айланды.

Мәмлекетимиз пандемия ҳәм глобаллық кризистиң унамсыз тәсирлерине қарамастан, еркин, абат турмыс қурыў жолынан исенимли қәдем тасламақта. Санаат тармақлары ҳәм аймақлардың раўажланыўы социаллық мәселелерди шешиў имканиятын бермекте.

Миллий қәдириятларымызда айрықша орын ийелейтуғын әўладлар арасындағы дәстүрлердиң даўамлылығын сақлаў, кекселердиң турмысын буннан былай да мазмунлы етиў итибарда. Жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың оқыўы, кәсип ийелеўи, қәбилетин жүзеге шығарыў ушын барлық шараят жаратылмақта. Жақында Ҳиндстанда болып өткен жәҳән шахмат олимпиадасында сайланды командамыз тарийхында биринши рет Олимпиада чемпионы болғаны пүткил халқымызды қуўантты.

Мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы да артып бармақта. Сырт мәмлекетлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте үлкен экономикалық-социаллық жойбарлар турмысқа енгизилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы салтанатлы мәресимде қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин де қутлықлады.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз миллий тиклениў дәўиринен миллий раўажланыў дәўирине өтип атыр. 2026-жылға шекемги Раўажланыў стратегиясы әмелге асырылмақта.

Президентимиз қутлықлаў сөзинде мәмлекетимиздиң тәрийпин былайынша түсиндирди:

«Жаңа Өзбекстан ҳәр бир пуқараның турмысын буннан былай да жақсылаў мақсетинде мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын кең имканиятлар беретуғын, адамлар өз машқалалары ҳаққында ашықтан-ашық айтыўы ҳәм олардың шешими ушын биргеликте ҳәрекет етиўине барлық шараятлар бар болған, ҳәмме ушын әдилликти сөзсиз тәмийинлеў имканиятын беретуғын ҳәм пуқараларды социаллық статусына қарамастан, нызам алдында тең болған, исбилерменликтиң раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылған мәмлекет болып табылады».

Елимизде болып атырған жумысларға нәзер тасланса, ҳақыйқатында да булардың орынланыўын көриў мүмкин. Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде буннан кейинги бес тийкарғы бағдарды көрсетип өтти.

Бириншиси – билимлендириў тараўында ең қолайлы шараятлар жаратыў. Буның ушын мектеплердиң оқыў бағдарламалары, оқытыў методикасы, сабақлықлардың мазмуны түп-тийкарынан қайта көрип шығылады, мектеп қурыў, устаз ҳәм тренерлердиң машақатлы мийнетин хошаметлеў даўам еттириледи.

Екиншиси – суд системасының ғәрезсизлигин беккемлеў. Судьялардың жумысына ҳәр қандай араласыў кескин жазаланады, олардың қәўетерсиз ислеўи ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылады.

Үшиншиси – исбилерменликти раўажландырыў. Буның ушын жеке меншик мүлк ҳәм исбилерменликке кесент етип атырған барлық тосқынлықлар сапластырылады. Мәмлекетлик басқарыў реформаланып, экономикада мәмлекеттиң қатнасыўы кескин азайтылады.

Төртиншиси – денсаўлықты сақлаў системасында халыққа сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызметлерден пайдаланыў имканияты кеңейтиледи. Барлық аймақларда қыстаўлы медициналық жәрдемниң қамтып алыўы арттырылып, адамларға және де жақынластырылады.

Бесиншиси – ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў. Буның ушын тараўға тартылып атырған инвестициялардың көлеми кескин көбейтиледи. Машқалалы аймақларда таза ишимлик суўын жеткериў ҳәм сапасын жақсылаў бойынша өз алдына бағдарламалар әмелге асырылады.

Мәрт ҳәм мийнетсүйгиш халқымыз жәрдеминде бул ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы, жаңаланып атырған Конституциямыз бул жолда беккем ҳуқықый тийкар болатуғыны атап өтилди.

– Бүгин биз өз алдымызға уллы ҳәм жоқары мақсетлерди қоймақтамыз, – деди Президент. – Мине усындай үлкен шеклерге жетиў жолында көп миллетли елимиз және де бирлесип, бирден-бир аўызбиршиликли шаңарақ, бирден-бир халық болып, пидайылық пенен ҳәрекет етпекте. Бул – биз ерисип атырған барлық жетискенликлеримиздиң беккем гиреўи, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Мәмлекетимиз басшысы реформаларды қоллап-қуўатлап, оларды әмелге асырыўда пидайылық  көрсетип атырған халқымызға терең ҳүрметин билдирип, жақсы тилеклер тиледи.

– Сиз, әзиз журтласларымызды Өзбекстан ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен. Ийгиликли арзыў-нийетлеримиз әмелге ассын! Жаратқанның өзи бәршемизди панайында сақласын! Елимиз тыныш, халқымыз аман, Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын, – деп сөзин жуўмақлады Президентимиз.

Байрам шадлықлары үлкен концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Ең уллы, ең әзиз байрам – Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығының салтанатлары барлық аймақларда даўам етпекте.

ӨзА